Сарыбаев Бахытлы Абдыллаевич 1989-жылы 29-августта Шымбай районында туўылған. 1996-2005 – жыллары Шымбай районлық 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде, 2005-2008-жыллары Шымбай педагогикалық колледжинде ЭЭМ операторы қәнигелигинде билим алады.
2009-2010 – оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ қарақалпақ филологиясы факультетине оқыўға қабыл етилип, 2013-жылы тамамлап бакалавр дәрежесин алған болса, 2013-2015-жыллары усы оқыў дәргайыныӊ магистратура бөлими Әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) қәнигелиги бойынша оқыўын даўам еттиреди.
Дәслепки мийнет жолын Елликқала районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 61-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен оқыўшыларға сабақ бериўден баслайды.
2017-2018-оқыў жылынан баслап Тақыятас районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен оқыўшыларға билим береди.
2021-жыл 28-сентябрьде Ташкент қаласында өткерилген “Дөретиўши муғаллим-2021” республикалық әнжуманына қатнасады.
Ҳәзирги күнде Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы болып ислеп атыр.
Қосық ҳәм публицистикалық мақалалары “Әмиўдәрья” журналында, “Еркин Қарақалпақстан”, “Қарақалпақстан мәденияты”, “Қарақалпақ әдебияты”, “Қарақалпақстан жаслары”, “Устаз жолы” газеталарында жарық көрип келмекте. “Туўысқан” атлы туӊғыш китабы 2022-жылы “Жети ықлым” баспасынан басылып шығады.
2022-жылдан ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы.